Сайт использует сервис веб-аналитики Яндекс Метрика с помощью технологии «cookie». Пользуясь сайтом, вы даете согласие на использование данной технологии.
Филиалда руўхый-ағартыўшылық илажы өткерилди Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында «Ўатан ушын, миллет ушын, халық ушын» сүрени астында «Ғәрезсизлик сабақлары» шеңберинде «Тарийхый естелик, руўхый-ағартыўшылық тәрбия – Жаңа Өзбекстан тийкары» атамасында руўхый-ағартыўшылық илажы шөлкемлестирилди. Илажда Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институтының философия илимлериниң докторы, профессор Саййора Тойчийева мийманда болып, жасларға баянаты даўамында тарийхый естеликтиң әҳмийети, миллий руўхыйлық ҳәм руўхый тәрбияның беккемлениўи сондай-ақ, ғәрезсизлик қәдириятларын қәстерлеп сақлаў, жас әўладты ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў бүгинги реформалардың тийкарғы бағдарларынан бири екенлигин атап өтти.