Хурлиман Аллабаева "Шынгобыз"

2002- жылы уй-музейи жанынан «Айымхан лапызы» фольклор-этнографиялық ансамбли шөлкемлестирилди. Ансамбль еӊ дәслеп Шамуратовлардыӊ ақлығы Гулжамал Таубалдиева басшылығында жумыс баслады. Соӊ оған Қылышбай Алламуратов, сапаргул Баширова, Ҳурлиман Тилеӯмуратова, Қарақалпақстан ҳалық бақсысы марҳум Турғанбай Қурбанов, Сағийдулла Сайтов, Орақбай Қаратаев, ерисбай Асқаровлар басшылық етти. Ансамблдиӊ ҳәӯескерлик өнерин раӯажландырыӯ ҳәм миллий қәдириятларды тиклеӯдеги белсенелиги ушын 2017-жылы Ɵзбекстан Республикасы Мәденият директоры тәрепинен «Ҳалық ҳәӯескерлик топары» атағы берилди. Уй музейи директоры Айымгул Шамуратова 25 жылдан берли уй музейин басқарып, онда ансамбль қурамына керекли барлық миллий саз асбаплар менен тәмийнледи. Ансамбл ағзаларыныӊ бири Ҳүрлиман Аллабаева 2000-жылы Нөкис қаласында туӯылған. Ол дәслеп Нөкис қаласында «Әмет бақсы» атындағы балалар музыка мектебинде дуӯтар, шынғобыз, пианинонан сабақ алды. Соӊынан Нөкис көркем-өнер коллежи (ҳәзирги Нөкис қәнигелестирилген мәденият мектеби) табыслы тамамлады. Ҳүрлиман студент ӯақтынан баслап уй-музейинде өткерилген байрамларда, әдебий кешелергее белсендилик пенен қатнасты.

Смотрите также