Сайт использует сервис веб-аналитики Яндекс Метрика с помощью технологии «cookie». Пользуясь сайтом, вы даете согласие на использование данной технологии.
Хожан аўыл турғынларының сорап атырған талаплары: 1-мәселе – жол. Реже бойынша Хожан аўылдың ортанғы орайлық жолы түсиўи керек болған көше турғынларының жоллары ислениўи керек. 3-4-көшелердиң қақ ортасынан түскен мектептиң оң ҳәм шеп қапталынан пуқаралардың Арқа автовокзалға өтиўи ушын жол ашылыў керек. 2-мәселе – электр ток бағаналары. 11-көшеге шекем бетон бағана орнатылған. Буннан кейин 20-көшеге шекем үйлердиң араларына электр тогы қараталдың қадасы менен тартылған. Жаўын-шашынлы гүз мәўсиминде пуқаралардың өмирине қәўип туўдырыўшы бул бағаналар тезлик пенен алмастырылыўы керек. 3-мәселе – ишимлик суўы. Турғынлар ишимлик суўды өз есабынан тарттырып алыўға мәжбүр, бул да аздай ишимлик суўға жуўап беретуғын мәкеме өз ўақтында есаплағышларды орнатпай атыр. Бул мәселе де тезлик пенен шешиўди талап етеди. 4-мәселе – социаллық жәрдем. Аймақта бағыўшысы пандемия себепли жумыссыз қалған балалы шаңарақлар бар. Оларға азық-аўқаттан жәрдем берилиўи керек. 5-мәселе – жәмийетлик транспорт. Аймаққа қатнайтуғын жәмийетлик транспортты көбейтиў тийис. 75-91-санлы жөнелисли такси менен қатнаў видеода машқаласын айтқан турғынлар ушын ҳәм алыс, ҳәм машақат. Себеби Хожан аўылда халық саны көп, 2 жөнелиске қойылған көликлер саны болса оғада аз. Бул да ҳүкимет басшылары тәрепинен үйрениўди ҳәм тез арада шешиўди талап ететуғын мәселе есапланады. 6-мәселе – балалар бақшасы. Хожан аўыл елаты қанша үлкен болыўына қарамастан, аймаққа мектеп өткен жылы салынып берилген. Бул жерге көшип келген жас шаңарақлардың балалары баратуғын балалар бақшасы жоқ. Өзи ала шаңғыт, жәмийетлик транспорты аз, электр ток сымлары жерге салбырап атырған Хожан аўыл турғынлары ушын баласын үйине таслап кетиў де, үлкен жолға алып шығыўда бирдей қыйын. 7-мәселе – Интернет. Аймақта мектеп жасындағы балалар көп. Бул жердеги ата-аналар балаларын тек ғана коронавирус деп емес, ал үлкен жолға шығыў, аймақтағы мектептиң өзине шекем шеге қумда жүриўге қыйналып-ақ, сабақларын онлайн оқытыўға мәжбүр.