Шоманай районы 01.10.2025

Ассалаўма әлейкум Ҳүрметли муғаллимлер ҳәм устазлар! Сизлерди 1-октябрь – «Муғаллимлер ҳәм устазлар күни» байрамы менен шын кеўилден қутлықлайман. Әзиз Устазлар, дүньядағы ең бийбаҳа байлық ҳәм өмирбақый мийрасты жаратыў, оны халқымызға, өнип-өсип киятырған бәркамал әўладымызға жеткериў жолында шын кеўилден пидайылық көрсетип атырған мийнетлериңиз ҳәр қашан да қәдирленеди. Сизлерге беккем денсаўлық, шаңарақларыңызға аманлық, перзент тәрбиясындай машақатлы, жуўапкерли, әдиўли ҳәм ийгиликли ислериңизде талмас күш-жигер, тасқын табыслар тилеймен! Ҳүрмет пенен, Шоманай районы ҳәкими А.Аметов

Смотрите также